ПУҚАРАЛАР ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЕКТЛЕРИНИҢ ҲУҚЫҚЛАРЫН СУД АРҚАЛЫ ҚОРҒАЎДЫҢ ЗАМАНАГӨЙ МЕХАНИЗМЛЕРИН ЕНГИЗИЎ
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 30-январь күнги ПҚ-33-санлы «Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субектлериниң ҳуқықларын суд арқалы қорғаўдың заманагөй механизмлерин енгизиў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилгенлигин, соңғы жыллары мәмлекетимизде мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субектлериниң ҳуқықларын нәтийжели қорғаўды тәмийинлеўде системалы реформалар әмелге асырылғанлығын, әсиресе, 2017-жылы мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте ҳәкимшилик судлар шөлкемлестирилгени пуқаралар ҳәм исбилерменлик субектлериниң мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери үстинен судқа шағым етиўге байланыслы коньституциялық ҳуқықларын тәмийинлеўде әҳмиетли қәдем болғаны, өткен дәўирде ҳәкимшилик судлар тәрепинен көрип шығылған 120 мыңға шамалас арза ҳәм шағымлардың 57 проценти қанаатландырылып, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субектлериниң бузылған ҳуқықлары тикленгени де ҳәкимшилик судлардың нызам үстинлигин тәмийинлеў және шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўда әҳмиетли институт сыпатында қәлиплескенин көрсететуғынын, соның менен бирге, бүгинги күнде ҳәкимшилик судлардың жумысына алдынғы сырт ел тәжирийбесинде өзин ақлаған институт ҳәм тәртиплерди кеңнен қолланыў арқалы пуқаралар ҳәм исбилерменлик субектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўда усы судлардың рольин арттырыў, соның ишинде, мәмлекетлик уйым ҳүжжетине исенип жумыс алып барған пуқаралар ҳәм исбилерменлик субектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын қосымша түрде күшейтиў зәрүрлиги жүзеге келген ҳәм усы мүнәсибет пенен усы қарар қабыл етилген.
Нѳкис районлараралық судының судьясы К.Р.Бабаназаров