ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ҲУҚЫҚЛАРЫ ҲӘМ КЕПИЛЛИКЛЕРИ

Ҳәзирги күнде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.

Соның ишинде, миллий нызамшылық базасы халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормалары беккемленип бармақта. Өзбекстан тарийхында биринши мәрте 2019-жыл 2-сентябрьде «Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқықлар менен имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы 562-санлы ҳәм «Ҳаял-қызларға күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында» ғы 561-санлы нызамлар қабыл етилди.

Бул нызам ҳүжжетлери ҳаял-қызларды турмыста, жумыс орынларында, билимлендириў мәкемелеринде ҳәм басқа да орынларда күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў тараўындағы қатнасықларды да тәртипке салады. Күш көрсетиў ҳәм зорлықты басынан өткерген шахсларды қорғаў, жәмиетте ҳаял-қызларға болған күш көрсетиў ҳәм зорлықтың ҳәр қандай түрине мүнәсибет орталығын енгизиўди кепиллейди.

Сондай-ақ, 2019-жылы зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызлар ушын «қорғаў ордери» институты енгизилди. Қорғаў ордери күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларға мәмлекетлик қорғаўды бериўши ҳүжжет есапланады. Ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасының буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам әмелге киргизилди. Бул ҳүжжет бүгинги күнде ҳуқықты қолланыў әмелиятында ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў менен байланыслы мәселелерде бир қатар машқалалардың бар екенлигин, атап айтқанда, күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген шахсқа мәмлекетлик қорғаўды бериўши ордердиң әмел етиў мүддети (30 күн) ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин жетерли дәрежеде қорғаўды тәмийинлеў имканиятын бермегенлиги себеп сыпатында баян етилген. Қабыл етилген нызам менен болса енди ҳаял-қызларға басым өткериў ҳәм зорлықтан қорғаў ордериниң мүддети бир жылға шекем жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен создырылыўы белгилеп қойылды.

Қорғаў ордери берилген көпшилик ҳаял-қызлар қайта зорлыққа ушыраған. Қорғаў ордериниң әмел етиў мүддетин созыў ҳаққындағы өтиниш бойынша топланған материал судқа келип түскен ўақыттан баслап 24 саат ишинде жабық суд мәжилисинде жәбирлениўши ҳәм зорлық ислеген шахстың қатнасыўында көрип шығылады. Судя ис материаллары менен танысып шығып, ис жуўмағы бойынша қарар қабыл етеди. Бул қарарда қорғаў ордериниң әмел етиў мүддетин созыў ҳаққындағы қарар қабыл етилген ўақыт ҳәм орын ҳаққындағы мағлыўматлар, қарарды қабыл еткен судтың аты, судьяның, тәреплердиң, исте қатнасыўшы басқа да шахслардың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты, сондай-ақ, шуғылланыўдың түри ҳәм жасаў орны, қорғаў ордериниң әмел етиў мүддетин созыў ҳаққындағы қарарды қабыл етиў ушын тийкар болып хызмет еткен жағдайлар көрсетиледи.

Нызамда бул мүддетлердиң бир жылға шекем белгилениўи ҳаял-қызларымызға жетерли дәрежеде психологиялық, социаллық, ҳуқықый жәрдем берилиўи ҳәм жумыс пенен тәмийинленетуғынлығы ҳәм ҳуқықбузарлықлар кемейўине алып келеди.

Нѳкис районлараралық судының судьясы К.Р.Бабаназаров

Тафсия қилинганлар

Ўзбекистон Республикаси Бош прокуратурасига Ўзбекистон Республикаси Ички ишлар вазирлигига МИННАТДОРЧИЛИК «ANTIKORRUPSIYA» каналида «КЎЧМАС МУЛК КЎЧКАНИДА, ҲАҚИҚАТ ЎЧАДИ» рубрикасида «Ҳокимликдаги марҳумларнинг комиссияси», «Марҳумлар орқали тирикларни ҳуқуқдан маҳрум қилиш йўли», «Ёлғонлар ғолиб бўлди, ҳақиқат ғариб бўлди», «ЁЛҒОН ҲАҚИҚАТнинг устига минди» деб номланган серияли мақолалар эълон қилинган эди. Очиғи, бу қойдабузарликлар анча-мунча лавозимдаги, гуруҳдаги шахсларнинг қӱлидан келмаса керак. «Ҳақиқат эгилади, синмайди» деганидек, Нукус шаҳри, «Алмазар» МФЙ, 25-кичик туман, 164/1-уйнинг эгаси Сарсенбаева Гулайшанинг эри Аймбетов Тажетдин Ўзбекистон Республикаси Бош прокуратураси, Коррупцияга қарши курашиш агентлиги қабулларига кириб, кейинчалик Қорақалпоғистон Республикаси прокурори номига такрор аризалар ёзганидан сӱнг, ҳурматли Президентимизнинг мурожаатларга нисбатан масъулиятни оширишга топшириғининг таъсирими, энди бошқача ёндашув бўлди.

СОХТА ҲУЖЖАТНИНГ 8 ЙИЛЛИК САРГАЗДОНЛИГИ Ерниязов Султанияз Ажиниязович 2003 йил апрелдан 2004 йил апрелга қадар Қорақалпоғистонда бўлмагани, ҳарбий хизматда эканлиги Қорақолпоғистон Республикаси мудофа ишлари бошқармасининг QK 0090319-сонли ҳарбий гувоҳномаси билан тасдиқланган. Шу даврда Нукус шаҳар ҳокимлигига тан бӱлган тасодиф юз беради. Унинг номига 2003 йил 29 декабрдаги 193/12-4-сонли ҳоким қарорининг 46-банди билан исмини янглишиб «Ерниязов Султамурат» деб ёзиб, хусусий турар жой қуриш учун Нукус шаҳри, Ақмангит гузори 3-ер ўрни ажратилган. Бундан ӱзининг вақтида хабари бӱлмаган. Сабаби, ҳокимиятга ер ӱрни сўраб ариза ҳам бермаган, тегишли тўловларни ҳам тўламаган. 23 йилдан буён на ариза, на тӱлов квитанциялари топилса. Кейин Нукус шаҳар ҳокимининг 2009 йил 11 май кунги №68/5-1-сонли қарорининг 27-банди билан муддати ўтиб кетганлиги сабабли 2003 йил 29 декабрдаги 193/12-4-сонли қарорининг 46-банди бекор қилиниб, ажратилган ер ўрни шаҳар заҳира ер фондига қайтариб олинган.