Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлау тараўындағы жаңалықлар

Өзбекстан Республикасының «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў тараўын жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киритиў ҳаққында»ғы 2025-жыл 9-апрель күнги нызамы менен Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексине қосымшалар киритилип, оған көре некеден ажырасыў ҳаққындағы ислер көрилип атырғанында суд шаңарақлық (социаллық) зорлықтан жәбирленген шахстың талабына көре жарасыў ушын мүддет тайынламаслығы белгиленген.

Шахс, қандай жағдайда шаңарақлық (социаллық) зорлықта жәбирленген деп есапланады.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң

592–статьясына көре, шаңарақлық (социаллық) зорлық, яғный усы статьяның биринши бөлимине көре, ҳаялына (күйеўине), алдынғы ҳаялына (алдынғы күйеўине), бир шаңарақ тийкарында биргеликте жасап атырған шахсқа ямаса улыўмалық перзентке ийе болған шахсқа қарата сәдир етилген мүлк, тәлим алыў, ден-саўлықты сақлаў ҳәм (ямаса) мийнетке байланыслы ҳуқықты әмелге асырыўға тосқынлық етиў, мал-мүлкине ҳәм жеке буйымларына қасттан зиян жеткизиў, тап сондай усы шахслар ден-саўлығының жаманласыўына алып келген тәризде олардың ар-намысын кемситиў, оларды қорқытыў, жақын қарындасларынан ажыратып қойыў, жынаят белгилери, сондай-ақ, усы Кодексте нәзерде тутылған басқа ҳуқықбузарлық белгилери болмаса, базалық есаплаў муғдарының он есесинен жигирма есесине шекем жәрийма салыўға ямаса он суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.

Усы статьяның екинши бөлимине тийкар болса, ҳаялының (күйеўиниң), алдынғы ҳаялының (алдынғы күйеўиниң), бир шаңарақ тийкарында бирге жасап атырған шахсты ямаса баланы, сондай-ақ, улыўмалық перзентке ийе болған шахсты урыў, усы шахсларға ден-саўлығының қысқа мүддетке жаманласыўына ямаса мийнет қәбилетиниң онша узақ болмаған мүддетке жоғалыўына алып келмеген қасттан денеге жеңил жарақат жеткериў, базалық есаплаў муғдарының он есесинен жигирма есесине шекемги муғдарында жәрийма салыўға ямаса он бес суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.

Усы Нызам шаңарақлық (социаллық) зорлықтан жәбирленген шахслардың ҳуқуқлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўды жәнеде күшейтиўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы Ж.Аймаганбетова

 

Тафсия қилинганлар

Ўзбекистон Республикаси Бош прокуратурасига Ўзбекистон Республикаси Ички ишлар вазирлигига МИННАТДОРЧИЛИК «ANTIKORRUPSIYA» каналида «КЎЧМАС МУЛК КЎЧКАНИДА, ҲАҚИҚАТ ЎЧАДИ» рубрикасида «Ҳокимликдаги марҳумларнинг комиссияси», «Марҳумлар орқали тирикларни ҳуқуқдан маҳрум қилиш йўли», «Ёлғонлар ғолиб бўлди, ҳақиқат ғариб бўлди», «ЁЛҒОН ҲАҚИҚАТнинг устига минди» деб номланган серияли мақолалар эълон қилинган эди. Очиғи, бу қойдабузарликлар анча-мунча лавозимдаги, гуруҳдаги шахсларнинг қӱлидан келмаса керак. «Ҳақиқат эгилади, синмайди» деганидек, Нукус шаҳри, «Алмазар» МФЙ, 25-кичик туман, 164/1-уйнинг эгаси Сарсенбаева Гулайшанинг эри Аймбетов Тажетдин Ўзбекистон Республикаси Бош прокуратураси, Коррупцияга қарши курашиш агентлиги қабулларига кириб, кейинчалик Қорақалпоғистон Республикаси прокурори номига такрор аризалар ёзганидан сӱнг, ҳурматли Президентимизнинг мурожаатларга нисбатан масъулиятни оширишга топшириғининг таъсирими, энди бошқача ёндашув бўлди.

СОХТА ҲУЖЖАТНИНГ 8 ЙИЛЛИК САРГАЗДОНЛИГИ Ерниязов Султанияз Ажиниязович 2003 йил апрелдан 2004 йил апрелга қадар Қорақалпоғистонда бўлмагани, ҳарбий хизматда эканлиги Қорақолпоғистон Республикаси мудофа ишлари бошқармасининг QK 0090319-сонли ҳарбий гувоҳномаси билан тасдиқланган. Шу даврда Нукус шаҳар ҳокимлигига тан бӱлган тасодиф юз беради. Унинг номига 2003 йил 29 декабрдаги 193/12-4-сонли ҳоким қарорининг 46-банди билан исмини янглишиб «Ерниязов Султамурат» деб ёзиб, хусусий турар жой қуриш учун Нукус шаҳри, Ақмангит гузори 3-ер ўрни ажратилган. Бундан ӱзининг вақтида хабари бӱлмаган. Сабаби, ҳокимиятга ер ӱрни сўраб ариза ҳам бермаган, тегишли тўловларни ҳам тўламаган. 23 йилдан буён на ариза, на тӱлов квитанциялари топилса. Кейин Нукус шаҳар ҳокимининг 2009 йил 11 май кунги №68/5-1-сонли қарорининг 27-банди билан муддати ўтиб кетганлиги сабабли 2003 йил 29 декабрдаги 193/12-4-сонли қарорининг 46-банди бекор қилиниб, ажратилган ер ўрни шаҳар заҳира ер фондига қайтариб олинган.