Судьялар ғәрезсизлигиниң ҳуқықый тийкарлары

Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге асырылады ҳәмде суд ҳәкимияты әдил судлаўды әмелге асырыўда нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларынан ғәрезсиз ҳалда жумыс алып барады.

Әдил судлаўды алып барыўда судьялардың ғәрезсизлиги әхмийетли орын ийелейди. Сол ушын да судьялар ғәрезсизлиги нызам менен беккемлениўи лазым болады.

Өзбекстан Республикасында әдил судлаўды әмелге асырыўшы судьялардың ғәрезсизлигиниң ҳуқықый тийкарының негизи тийкарғы нызамымыз Өзбекстан Республикасы Конституциясы болып табылады.

Конституцияның 136-статьясына тийкар, судьялар ғәрезсиз болып, тек ғана Конституция ҳәм нызамға бойсынады. Судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы искерлигине қандайда бир тәризде араласыўға жол қойылмайды ҳәм бундай араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады. Судьялар белгили ислер бойынша есап бериўши болмайды. Судьяларға қол қатылмайды. Мәмлекет судьяның ҳәм оның шаңарақ ағзаларының қәўипсизлигин тәмийинлейди.

Сондай-ақ, Конституцияның 140-статьясына муўапық, судлардың искерлигин қаржыландырыў тек ғана Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинен әмелге асырылады ҳәм ол әдил судлаўды толық ҳәм де ғәрезсиз әмелге асырыў имканиятын тәмийинлеў керек.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының «Судлар ҳаққында»ғы Нызамында судьялардың ғәрезсизлигин тәмийинлеў усыллары, судьялардың қол қатылмаслығы, судьяға ҳүрметсизлик қылғанлығы ушын жуўапкершилик, судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы искерлигине араласыўға жол қойылмаслық бойынша да қатар нызам нормалары белгиленген.

Атап айтқанда, судьялардың бийғәрезлиги оларды нызамда белгиленген тәртипте лаўазымға сайлаў, тайынлаў, судьялық ўәкилликлерин тоқтатып турыў ҳәм тамамлаў, судьяның қол қатылмаслығы, әдил судлаўды әмелге асырыўдағы қатаң тәртип, қарарларды шығарыў ўақтында судьялар мәсләҳәтлесиўиниң сыр сақланыўы ҳәм оны жәрия етиўди талап етиўдиң қадаған етилиўи, судьяға ҳүрметсизлик еткени, әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша искерликке араласқаны ҳәм судьяның қол қатылмаслығын бузғаны ушын нызамда жуўапкершиликтиң белгилениўи, судьяға мәмлекет есабынан оның жоқары статусына мүнәсип материаллық ҳәм социаллық тәмийнат бериў арқалы тәмийинленеди.

Судьяның шахсына қол қатылмайды. Судьяның қол қатылмаслығы оның жасаў орнына, хызмет бөлмесине, ол пайдаланатуғын транспорт қуралы ҳәм байланыс қуралларына, хат-хабарларына, оған тийисли затлар ҳәм ҳүжжетлерге тийисли.

Судьяға жынаят иси тек ғана Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры тәрепинен қозғатылыўы мүмкин.

Судья Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң жуўмағы алынбаған ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының келисимисиз жынайый жуўапкершиликке тартылыўы, қамаққа алыныўы мүмкин емес.

Судья тийисли судьялар квалификациялық коллегиясының жуўмағы алынбағанша ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин емес.

Судьяны ҳуқық қорғаў уйымларына гүўа ямаса гүман етилиўши сыпатында сораўға шақырыўға тек ғана тийисли судьялар квалификациялық коллегиясының разылығы менен жол қойылады.

Судьяның жасаў орнына ямаса хызмет бөлмесине, пайдаланатуғын транспортына кириў, оларды көзден өткериў, оларда тинтиў өткериў ямаса олардан затларды алыў, оның телефондағы сөйлесиўлерин тыңлаў, судьяны жеке көзден өткериў ҳәм оны жеке тинтиў етиў, сондай-ақ оның хат-хабарларын, оған тийисли затлар ҳәм ҳүжжетлерди көзден өткериў, алып қойыў ямаса алыў тек ғана судтың қарарына муўапық ямаса Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының рухсаты менен әмелге асырылыўы мүмкин.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да уйымлар, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер, лаўазымлы шахслар, пуқаралар судьяларды ҳүрмет етиўи ҳәм олардың ғәрезсизлиги принципине бойсыныўы шәрт.

Судьяға ҳүрметсизлик етиў, сондай-ақ, оны ашықтан-ашық менсинбеўшиликтен дерек беретуғын ис-ҳәрекетлер етиў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.

Сондай-ақ, нызамға муўапық, судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы искерлигине араласыўға жол қойылмайды.

Белгили бир исти ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс көрип шығыўға тосқынлық етиў ямаса нызамсыз суд ҳүжжети шығарылыўына ерисиў мақсетинде судьяларға қандай да бир тәсир көрсетиў нызамға муўапық жынайый жуўапкершиликке себеп болады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев усы жылдың 5-март күни Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Миллий кеңестиң мәжилисинде «Барлық басшыларды қатаң ескертемен. Судлар искерлигине ҳәр қандай араласыў әдил судлаўға сая салыў, деп баҳаланады. Бул бойынша сораў да, жуўапкершилик те қатаң болады» деген еди.

Сол себепли жәмийетимизде ҳәр бир инсан судьяның бийғарез жумыс алып барыўына ҳәр қандай тәризде араласпаўы лазымлығын аңлаўы керек.

Жуўмақлап айтқанда, судьялардың бийғәрез түрде әдил судлаўды әмелге асырыўы бул әлбетте ертеңги келешегимиздиң пәрәўанлығы, мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын хызмет етеди.

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы Спартак Ниязов

 

Судьялар мустақиллигининг ҳуқуқий асослари

Ўзбекистон Республикасида одил судлов фақат суд томонидан амалга оширилади ҳамда суд ҳокимияти одил судловни амалга оширишда қонун чиқарувчи ва ижро ҳокимиятидан, сиёсий партиялардан, фуқаролик жамиятининг бошқа институтларидан мустақил ҳолда иш олиб боради.

Одил судловни амалга оширишда судьяларнинг мустақиллиги муҳим ўрин тутади. Шунинг учун ҳам судьялар мустақиллиги қонун билан мустаҳкамланиши лозим бўлади.

Ўзбекистон Республикасида одил судловни амалга оширувчи судьялар мустақиллигининг ҳуқуқий асосининг негизи асосий қонунимиз Ўзбекистон Республикаси Конституциясидир.

Конституциянинг 136-моддасига асосан, судьялар мустақилдирлар, фақат Конституция ва қонунга бўйсунадилар. Судьяларнинг одил судловни амалга оширишга доир фаолиятига ҳар қандай тарзда аралашишга йўл қўйилмайди ва бундай аралашиш қонунга мувофиқ жавобгарликка сабаб бўлади. Судьялар муайян ишлар бўйича ҳисобдор бўлмайди.  LexUZ шарҳи

Қаранг: Ўзбекистон Республикаси Жиноят кодексининг 236-моддаси.

Судьялар дахлсиздир.  LexUZ шарҳи

Қаранг: Ўзбекистон Республикаси «Судлар тўғрисида»ги Қонунининг 63 — 66-моддалари.

Давлат судьянинг ва унинг оила аъзоларининг хавфсизлигини таъминлайди.

Шунингдек, Конституциянинг 140-моддасига мувофиқ, Судларни фаолиятини ва моддий-техник таъминоти молиялаштириш фақат Ўзбекистон Республикасининг Давлат бюджетидан амалга оширилади ҳамда у одил судловни тўлиқ ва мустақил амалга ошириш имкониятини таъминлаши керак.

Бундан ташқари, Ўзбекистон Республикасининг «Судлар тўғрисида»ги Қонунида судьяларнинг мустақиллигини таъминлаш усуллари, судьяларнинг дахлсизлиги, судьяга ҳурматсизлик қилганлик учун жавобгарлик, судьяларнинг одил судловни амалга ошириш борасидаги фаолиятига аралашишга йўл қўйилмаслиги бўйича ҳам қатор қонун нормалари белгиланган.

Хусусан, судьяларнинг мустақиллиги уларни қонунда белгиланган тартибда лавозимга сайлаш, тайинлаш, судьялик ваколатларини тўхтатиб туриш ва тугатиш, судьянинг дахлсизлиги, одил судловни амалга оширишдаги қатъий тартиб, қарорларни чиқариш чоғида судьялар маслаҳатлашувининг сир сақланиши ва уни ошкор этишни талаб қилишнинг тақиқланиши, судьяга ҳурматсизлик қилганлик, одил судловни амалга ошириш бўйича фаолиятга аралашганлик ва судьянинг дахлсизлигини бузганлик учун қонунда жавобгарликнинг белгиланиши, судьяга давлат ҳисобидан унинг юксак мақомига муносиб моддий ва ижтимоий таъминот бериш орқали таъминланади.

Судьянинг шахсига дахл қилинмайди. Судьянинг дахлсизлиги унинг яшаш жойига, хизмат хонасига, у фойдаланадиган транспорт воситаси ва алоқа воситаларига, хат-хабарларига, унга тегишли ашёлар ва ҳужжатларга тааллуқлидир.

Судьяга нисбатан жиноят иши фақат Ўзбекистон Республикаси Бош прокурори томонидан қўзғатилиши мумкин.

Судья Ўзбекистон Республикаси Судьялар олий кенгашининг хулосаси олинмаган ва Ўзбекистон Республикаси Олий суди Пленумининг розилигисиз жиноий жавобгарликка тортилиши, қамоққа олиниши мумкин эмас.

Судья тегишли судьялар малака ҳайъатининг хулосаси олинмагунча маъмурий жавобгарликка тортилиши мумкин эмас.

Судьяни ҳуқуқни муҳофаза қилувчи органларга гувоҳ ёки гумон қилинувчи сифатида сўроққа чақиришга фақат тегишли судьялар малака ҳайъатининг розилиги билан йўл қўйилади.

Судьянинг яшаш жойига ёки хизмат хонасига, фойдаланадиган транспортига кириш, уларни кўздан кечириш, уларда тинтув ўтказиш ёки улардан ашёларни олиш, унинг телефон сўзлашувларини эшитиш, судьяни шахсан кўздан кечириш ва уни шахсан тинтув қилиш, шунингдек унинг хат-хабарларини, унга тегишли ашёлар ва ҳужжатларни кўздан кечириш, олиб қўйиш ёки олиш фақат суднинг қарорига биноан ёки Ўзбекистон Республикаси Бош прокурорининг рухсати билан амалга оширилиши мумкин.

Давлат органлари ва бошқа органлар, корхоналар, муассасалар ва ташкилотлар, мансабдор шахслар, фуқаролар судьяларни ҳурмат қилишлари ва уларнинг мустақиллиги принципига риоя этишлари шарт.

Судьяга нисбатан ҳурматсизлик қилиш, шунингдек, уни очиқдан-очиқ менсимасликдан далолат берувчи хатти-ҳаракатлар содир этиш қонунга мувофиқ жавобгарликка сабаб бўлади.

Шунингдек, қонунга мувофиқ, судьяларнинг одил судловни амалга ошириш борасидаги фаолиятига аралашишга йўл қўйилмайди.

Муайян ишни ҳар томонлама, тўлиқ ва холис кўриб чиқишга тўсқинлик қилиш ёки ғайриқонуний суд ҳужжати чиқарилишига эришиш мақсадида судьяларга бирон-бир тарзда таъсир кўрсатиш қонунга мувофиқ жиноий жавобгарликка сабаб бўлади.

Ўзбекистон Республикаси Президенти Ш.М.Мирзиёев жорий йилнинг 5 март куни Коррупцияга қарши курашиш бўйича Миллий кенгаш йиғилишида «Барча раҳбарларни қатъий огоҳлантираман. Судлар фаолиятига ҳар қандай аралашиш одил судловга соя солиш, деб баҳоланади. Бу бўйича сўров ҳам, жавобгарлик ҳам қаттиқ бўлади» деган эди.

Шу сабабли жамиятимизда ҳар бир инсон судьянинг мустақил фаолият юритишига ҳар қандай шаклда аралашмаслиги лозимлигини англаши керак.

Мухтасар айтганда, судьяларнинг мустақил равишда одил судловни амалга ошириши бу албатта эртанги келажагимиз фаровонлиги, мамлакатимиз равнақи учун хизмат қилади.

Нукус туманлараро иқтисодий суди раиси Спартак Ниязов

Тафсия қилинганлар

Ўзбекистон Республикаси Бош прокуратурасига Ўзбекистон Республикаси Ички ишлар вазирлигига МИННАТДОРЧИЛИК «ANTIKORRUPSIYA» каналида «КЎЧМАС МУЛК КЎЧКАНИДА, ҲАҚИҚАТ ЎЧАДИ» рубрикасида «Ҳокимликдаги марҳумларнинг комиссияси», «Марҳумлар орқали тирикларни ҳуқуқдан маҳрум қилиш йўли», «Ёлғонлар ғолиб бўлди, ҳақиқат ғариб бўлди», «ЁЛҒОН ҲАҚИҚАТнинг устига минди» деб номланган серияли мақолалар эълон қилинган эди. Очиғи, бу қойдабузарликлар анча-мунча лавозимдаги, гуруҳдаги шахсларнинг қӱлидан келмаса керак. «Ҳақиқат эгилади, синмайди» деганидек, Нукус шаҳри, «Алмазар» МФЙ, 25-кичик туман, 164/1-уйнинг эгаси Сарсенбаева Гулайшанинг эри Аймбетов Тажетдин Ўзбекистон Республикаси Бош прокуратураси, Коррупцияга қарши курашиш агентлиги қабулларига кириб, кейинчалик Қорақалпоғистон Республикаси прокурори номига такрор аризалар ёзганидан сӱнг, ҳурматли Президентимизнинг мурожаатларга нисбатан масъулиятни оширишга топшириғининг таъсирими, энди бошқача ёндашув бўлди.

СОХТА ҲУЖЖАТНИНГ 8 ЙИЛЛИК САРГАЗДОНЛИГИ Ерниязов Султанияз Ажиниязович 2003 йил апрелдан 2004 йил апрелга қадар Қорақалпоғистонда бўлмагани, ҳарбий хизматда эканлиги Қорақолпоғистон Республикаси мудофа ишлари бошқармасининг QK 0090319-сонли ҳарбий гувоҳномаси билан тасдиқланган. Шу даврда Нукус шаҳар ҳокимлигига тан бӱлган тасодиф юз беради. Унинг номига 2003 йил 29 декабрдаги 193/12-4-сонли ҳоким қарорининг 46-банди билан исмини янглишиб «Ерниязов Султамурат» деб ёзиб, хусусий турар жой қуриш учун Нукус шаҳри, Ақмангит гузори 3-ер ўрни ажратилган. Бундан ӱзининг вақтида хабари бӱлмаган. Сабаби, ҳокимиятга ер ӱрни сўраб ариза ҳам бермаган, тегишли тўловларни ҳам тўламаган. 23 йилдан буён на ариза, на тӱлов квитанциялари топилса. Кейин Нукус шаҳар ҳокимининг 2009 йил 11 май кунги №68/5-1-сонли қарорининг 27-банди билан муддати ўтиб кетганлиги сабабли 2003 йил 29 декабрдаги 193/12-4-сонли қарорининг 46-банди бекор қилиниб, ажратилган ер ўрни шаҳар заҳира ер фондига қайтариб олинган.