Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында арза менен мүрәжат етиў тәртиплери
Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы (буннан кейин текстте Нызам деп жүритиледи) юридикалық ҳәм физикалық шахслардың, сондай-ақ жеке тәртиптеги исбилерменлердиң төлеўге қәбилетсизлиги саласындағы қатнасықларын тәртипке салады.
Усы Нызамның әмел етиўи тутыныў кооперативи яки социаллық фонд формасындағы искерликти әмелге асырып атырған юридикалық шахслардан тысқары мәмлекетлик мәкемелерге ҳәм басқа коммерциялық емес шөлкемлерге қарата қолланылмайды.
Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Өзбекстан Республикасының төлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.
Егер тийисли миннетлемелер жүзеге келген сәнеден баслап үш ай ишинде қарыздар тәрепинен орынланбаған болса, қаланы қураўшы кәрхана ҳәм оған теңлестирилген кәрханалар тәрепинен болса алты ай ишинде орынланбаса, судқа мүрәжат етиў сәнесинде қарыздардың пул миннетлемелери бойынша кредиторлар талапларын қанаатландырыўға ҳәм (ямаса) салықлар ҳәм жыйымлар бойынша өз миннетлемелерин орынлаўға қәбилетсизлиги — ўақтынша төлеўге қәбилетсизлик белгиси, ал егер судқа арза бериў сәнесиндеги ҳәм арза берилген жылдың басындағы есап бериў дәўиринде, егер арза жылдың биринши шерегинде берилген болса, өткен жылдың басындағы есап бериў дәўиринде қарыздардың миннетлемелери оның активлериниң баҳасынан артып кеткен болса — турақлы төлеўге қәбилетсизлик белгилери болып есапланады.
Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы ис қарыздар юридикалық шахс мәмлекетлик дизимнен өткен жердеги, сондай-ақ қарыздар физикалық шахс ҳәм (ямаса) жеке тәртиптеги исбилерменниң жасаў орнындағы суд тәрепинен көрип шығылады.
Қарыздар пул миннетлемелерин орынламағанлығы мүнәсибети менен оған қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат етиў ҳуқықына қарыздардың өзи ҳәм кредитор ийе.
Қарыздар салықлар ҳәм жыйымлар бойынша миннетлемелерин орынламағанлығы мүнәсибети менен оған қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат етиў ҳуқықына қарыздардың өзи, мәмлекетлик салық хызмети уйымлары, сондай-ақ, устав фондында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси болған ҳәм (ямаса) пул миннетлемелери бойынша Өзбекстан Республикасы алдында қарызы болған юридикалық шахсларға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы ислер бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым ҳәм оның аймақлық басқармалары ийе есапланады.
Қарыздардың өзине қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасы судқа жазба ямаса электрон формада бериледи ҳәм тийислисинше қарыздар юридикалық шахстың басшысы, қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен, қарыздар физикалық шахс ямаса олардың ўәкиллери тәрепинен қол қойылады.
Қарыздардың өзине қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасында арза берилген судтың аты, арза бериўшиниң аты (фамилиясы, аты, әкесиниң аты) ҳәм оның жайласқан жери (почта мәнзили), электрон почта мәнзили (бар болса), пул миннетлемелери бойынша кредиторлар талаплары суммасының қарыздар тәрепинен тән алынған муғдары, қарыздардың хызметкерлердиң өмирине ямаса ден-саўлығына жеткерилген зыянды қаплаў, оларға мийнет ҳақысын ҳәм төлениўи керек болған жумыстан босатыў напақасын төлеў бойынша қарыздарлығының суммасы, авторлық шәртнамалар бойынша төлениўи керек болған ҳақы суммасы, салықлар ҳәм жыйымлар бойынша қарыздарлық муғдары, кредиторлардың талапларын толық көлемде қанаатландырыўға қәбилетсизликтиң тийкары, қарыздарға қарата даўа арзалары судлар тәрепинен ис жүргизиўге қабыл етилгенлиги ҳаққындағы, сондай-ақ сөзсиз (аксепциз) есаптан шығарыў ушын усынылған орынлаў ҳүжжетлери ҳаққындағы мағлыўматлар, қарыздардағы бар мүлк, соның ишинде, пул қаржылары, дебиторлық қарыз ҳаққындағы мағлыўматлар, қарыздардың банк есап бетлериниң номерлери, банктиң почта мәнзили, қосымша етилип атырған ҳүжжетлер дизими көрсетилиўи керек.
Қарыздар жеке тәртиптеги исбилерменниң өзин төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы арзасында қарыздардың исбилерменлик искерлиги менен байланыслы болмаған миннетлемелери ҳаққындағы мағлыўматлар да көрсетиледи. Қарыздар төлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы исте қатнасып атырған кредиторларға ҳәм басқа шахсларға өз арзасынан көширме жибериўи шәрт.
Сондай-ақ, қарыздардың өзине қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасына Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуаллық кодексинде нәзерде тутылған ҳүжжетлерден тысқары қарыздарлықтың бар екенлигин, сондай-ақ кредиторлардың талапларын қарыздар толық көлемде қанаатландырыўға қәбилетсиз екенлигин, қарыздардың арзасына тийкар болған басқа жағдайларды тастыйықлаўшы ҳүжжетлер ҳәмде қарыздар юридикалық шахстың шөлкемлестириў ҳүжжетлери, юридикалық шахстың ямаса жеке тәртиптеги исбилерменниң мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы ҳүжжетлер, сондай-ақ, физикалық шахстың паспортының көширмеси, қарыздардың кредиторлары ҳәм дебиторлары дизими, олардың жайласқан орны (почта мәнзили), электрон почта мәнзили (бар болғанда), оның кредиторлық ҳәм дебиторлық қарызының анықламасы, қарыздар юридикалық шахстың ақырғы есап бериў сәнесиндеги жағдайы бойынша бухгалтериялық балансы ямаса оның орнын басыўшы ҳүжжетлер, қарыздар физикалық шахстың яки жеке тәртиптеги исбилерменниң мал-мүлкиниң қурамы ҳәм баҳасы ҳаққындағы ҳүжжетлер, қарыздар юридикалық шахс шөлкемлестириўшилериниң (қатнасыўшыларының) ямаса қарыздар мал-мүлкиниң ийесиниң қарыздар өзине қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат етиўи ҳаққындағы қарары, егер қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арза берилгенге шекем қарыздар хызметкерлериниң жыйналысы өткерилип, онда төлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы исти көриўде қатнасыў ушын қарыздар хызметкерлериниң ўәкили сайланған болса, усы жыйналыстың баянламасы қосымша етиледи.
Нызамның 41-статьясына муўапық, кредитордың қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасы судқа жазба ямаса электрон формада бериледи. Кредитор юридикалық шахстың арзасы оның басшысы ямаса ўәкили тәрепинен, кредитор физикалық шахс ямаса жеке тәртиптеги исбилерменниң арзасы болса усы физикалық шахстың өзи ямаса оның ўәкили тәрепинен қол қойылады.
Кредитордың қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасында арза берилип атырған судтың аты, арза бериўшиниң аты (фамилиясы, аты, әкесиниң аты) ҳәм оның жайласқан жери (почта мәнзили), электрон почта мәнзили (бар болса), қарыздардың аты (фамилиясы, аты, әкесиниң аты) ҳәм оның жайласқан орны (почта мәнзили), электрон почта мәнзили (бар болса), қарыздардың кредитор алдындағы талап келип шығыўына себеп болған пул миннетлемесиниң муғдары, сондай-ақ, оны орынлаў мүддети, кредитор талапларының тийкарлылығын тастыйықлаўшы дәлиллер, соның ишинде судтың нызамлы күшке кирген қарары, усы талаплар қарыздар тәрепинен тән алынғанлығын тастыйықлаўшы дәлиллер, нотариустың орынлаў хаты, қосымша етилип атырған ҳүжжетлер дизими көрсетилиўи керек ҳәм кредитор қарыздарға өз арзасынан көширме жибериўи шәрт.
Нызамның 43-статьясына муўапық, кредитордың қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасына Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуаллық кодексинде нәзерде тутылған ҳүжжетлерден тысқары қарыздардың кредитор алдындағы пул миннетлемелерин, сондай-ақ қарыздарлығының бар екенлигин ҳәм оның муғдарын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер, төлеўге қәбилетсизликтиң әпиўайыластырылған тәртибинде ҳәм физикалық шахстың төлеўге қәбилетсизлиги ҳаққындағы ис бойынша суд басқарыўшысына ҳақы төлеў қәрежетлери төленгенин тастыйықлаўшы ҳүжжет, ўәкил тәрепинен қол қойылған арзаға ўәкилдиң арзаны қол қойыўға ўәкил екенлигин тастыйықлаўшы исеним хат қосымша етиледи.
Буннан тысқары, егер бар болса кредитордың қарыздарға қарата талапларын көрип шығылған судтың қарары, орынлаў ҳүжжети (орынлаў хаты, қарыздар тәрепинен акцептленген төлем талаплары, нотариустың орынлаў хаты ҳәм басқалар) ямаса кредитор талаплары қарыздар тәрепинен тән алынғанлығын тастыйықлаўшы дәлиллер арзаға қосымша етиледи.
Нызамның 44-статьясына муўапық, устав фондында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси болған ҳәм (ямаса) Өзбекстан Республикасы алдында пул миннетлемелери бойынша қарызы болған кәрханаға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның арзасы судқа жазба ямаса электрон формада, қарыздардың төлеўге қәбилетсизлигин тастыйықлаўшы зәрүр ҳүжжетлер қосымша етилген ҳалда бериледи.
Нызамның 45-статьясына муўапық, мәмлекетлик салық хызмети уйымының ҳәм басқа да ўәкилликли уйымның қарыздарға салықлар ҳәм жыйымлар бойынша төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасы усы Нызамның 41 ҳәм 43-статьяларында нәзерде тутылған талапларға жуўап бериўи керек.
Мәмлекетлик салық хызмети уйымының ҳәм басқа да ўәкилликли уйымның қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәм жыйымлар бойынша қарыздарлықты қайтарып алыўға байланыслы илажлар көрилгенлиги бойынша дәлиллери қосымша етилиўи керек.
Егер төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арза усы Нызамның 39 — 45-статьяларында нәзерде тутылған талапларға муўапық болмаса, судья Нызамның 46-статьясына тийкар арзаны қайтарады. Ал, егер қарыздарда усы Нызамның 5-статьясы биринши бөлиминде нәзерде тутылған белгилер бар болмаса, арза Нызамның 46-статьясына тийкар төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арза ис жүритиўге қабыл етиўден бас тартылады.
Усы жылдың 4 айы даўамында Нөкис районлар аралық экономикалық судына төлеўге қәбилетсизлик пенен байланыслы 51 арза келип түсип, соннан 11 арза қайтарылған, 5 арза көрместен қалдырылған, 2 арза қанаатландырыўсыз қалдырылған, 33 арза қанаатландырылған.
Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы Спартак Ниязов